ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Магистратура бөлиминде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында семинар ҳәм интеллектуал ойын өткерилди

Институтымыздың магистратура бөлиминде «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳаққындағы Мәмлекетлик бағдарлама»ның жаслар турмысындағы әҳмийетине бағышланған семинар болып өтти.

Оны 1-курс магистранты Нуратдин Зинатдинов алып барды. Ол көргизбели материаллар арқалы магистрантларға Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, магистрантлардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде 1-курс магистранты Бахтияр Бекмуратов басшылығында «Заковат» интеллектуал ойыны өткерилди.