Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлери қатнасыўында әмелият бойынша конференция өткерилди

Усы жылдың 1-февраль күни Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы қәнигелестирилген мектепте институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетиниң питкериўши 4-курс студентлери қатнасыўында педагогикалық әмелият бойынша конференция болып өтти.