Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде китапқумарлық ҳәптелиги өткерилди

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде китапқумарлық ҳәптелиги өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасында 2019-жылы Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға бағдарланған қосымша илажлар бағдарламасы»ның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген ҳәптелик шеңберинде студентлер арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў илажлары, ҳәр қыйлы интеллектуал ойынлар өткерилди.