Шет тиллери ҳәм математика-информатика факультетлеринде психолог пенен ушырасыў өткерилди
Усы жылдың 8-февраль күни институтымыз психологы шет тиллери ҳәм математика-информатика факультети студент-жаслары менен ушырасыў өткерди.
«Ойларымыз – тәғдиримизди жаратады» атамасында өткерилген ушырасыўда инсан ойлаўының оның өмири ушын қаншелли әҳмийетке ийе болатуғынлығы, ойды раўажландырыў, ҳәр тәреплеме жетилистирип барыў усыллары бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.