Тарийх-география факультетинде Әлийшер Наўайы ҳәм Бабурдың туўылған күни мүнәсибети менен әдебий кеше шөлкемлестирилди

Институтымыздың мәжилислер залында тарийх-география факультетиниң 1-курс студентлери шөлкемлестириўинде сөз мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына 578 жыл, сондай-ақ, Бабурийлер династиясының тийкарын салыўшы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 536 жыл толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше болып өтти.

«Әлийшер Наўайы халқымыздың санасы ҳәм ой-пикири, көркемлик мәденияты тарийхында пүткил бир дәўирди қурайтуғын уллы шахс, миллий әдебиятымыздың теңсиз тулғасы, миллетимиздиң мақтанышы, даңқ-абыройымызды дүньяға жайған өлмес сөз дөретиўшиси. Егер бул уллы инсанды әўлийе десек, ол әўлийелердиң әўлийеси, ойшыл десек, ойшыллардың ойшылы, шайыр десек, шайырлардың султаны», – деп тәрийплеген еди Биринши Президентимиз Ислам Кәримов.

Шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Муҳаммед Бабур ҳәм оның дөретиўшилиги Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен былай тәрийпленген еди:

«Бабур мырза халқымыздың уллы перзенти. Әдебият, илим, ағартыўшылық көз қарасынан ол еле жасамақта. Өзлигимизди аңлап, уллы тарийхымызды жасларға түсиндирсек, илимди ҳәм ағартыўшылықты раўажландырсақ, ҳеш қашан кем болмаймыз».

Кешеде студентлер уллы бабамыз дөретпелеринен үзиндилер сахналастырып, бизге мийрас болып қалған мийнетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийети бойынша баянатлар жасады.