Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде экологиялық үгит-нәсият илажы өткерилди

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде оқып атырған студентлер ушын экологиялық үгит-нәсият илажы өткерилди.

Онда бүгинги күнде тек ғана мәмлекетлик, регионаллық емес, ал глобаллық экологиялық машқалаға айланған Арал теңизиниң қурыўы, кризистиң басланыўы, оның себеплери бойынша кең түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, теңиздиң қурыған ултанында экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде ислеп шығылған стратегиялар, ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған «Жасыл қапламалар» жойбарының барысы және әмелий әҳмийети ҳаққында түсиниклер берилди.