Студентлер турақ жайында ерте турмыс қурыўдың унамсыз ақыбетлери ҳаққында сәўбетлесиў кешеси өткерилди

Институтымыздың студентлер турақ жайында мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы оқытыўшысы З.Қәлендерова турақ жай қызлары қатнасыўында «Ерте турмыс қурыўдың унамсыз ақыбетлери» атамасында сәўбетлесиў өткерди.

Онда атап өтилгениндей, жаслардың билип-билмей турып ерте турмыс қурып, шаңарақ жуўапкершилигине ҳәм физикалық, ҳәм руўхый жақтан тайын болмастан қурылып атырған некелер көпшилик жағдайда унамсыз ақыбетлерди келтирип шығармақта.

Булардың алдын алыў мақсетинде усындай үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумыслары жийи өткерип турылғаны мақсетке муўапық болып табылады.