Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде жынаятшылықлар профилактикасы мәселелери бойынша ушырасыў болып өтти

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде студентлер арасында жынаятшылықлардың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, сондай-ақ, өз қәўипсизлиги, газ ийисинен зәҳәрлениў сыяқлы унамсыз жағдайлардың алдын алыўға арналған ушырасыў болып өтти.

«Өзбекстан Республикасында 2019-жылы жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға бағдарланған қосымша илажлар бағдарламасы»ның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген ушырасыўға ишки ислер уйымлары ўәкиллери, факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.