Студентлер турақ жайында Әлийшер Наўайы ҳәм Бабурдың туўылған күнине арналған музыкалық кеше болып өтти

Институтымыздың студентлер турақ жайында сөз мүлкиниң султаны, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылған күнине арналған музыкалық кеше болып өтти.
Кешени институттың педагогика факультети музыкалық тәлим бағдары 1-«З» курс студентлери ҳәм топар басшысы С.Романова шөлкемлестирди.
Кешеде студент-жаслар Әлийшер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың дөретпелеринен үзиндилер атқарып, олардың қәлемине тийисли болған қосықларды музыкалары менен бирге атқарды.

Кешеде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ўәкиллери мийманда болды.