ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети оқытыўшылары мектеп оқыўшылары менен сәўбетлесиў өткерди

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети баслаўыш тәлим кафедрасы профессор-оқытыўшылары Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылар менен ушырасты.

Республика аймағында жайласқан улыўма билим бериў мектеплери менен бирге ислесиў бойынша бириктириў кестеси тийкарында шөлкемлестирилген ушырасыўда институтымыз профессор-оқытыўшылары «Китап – бизиң достымыз», «Китап – руўхыйлығымыз белгиси», «Китап – руўхыйлығымыз айнасы» атамаларында оқыўшылар менен өз-ара сәўбетлести.