ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Филология факультети студентлери музейлерге саяхат етти

Усы жылы 8-февраль күни Филология факультетиниң Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 1-б топары студентлери топар басшысы З.Қтайбекованың басшылығында И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Әмет Шамуратов-Айымхан Шамуратованың үй музейине саяхат етти.

Студентлер музейлерге саяхат даўамында бай экспонатлар менен таныса отырып, халқымыздың өтмиштеги тарийхый турмысы, социал-экономикалық жасаў жағдайлары, үрп-әдет, дәстүрлери, этнографиясы ҳаққында, сондай-ақ, жазыўшы, шайыр, мәмлекетлик ғайраткер Ә.Шамуратов ҳәм көркем өнер шебери А.Шамуратованың халқымыздың әдебияты ҳәм мәдениятына қосқан үлеслери ҳаққында терең мағлыўматларға ийе болды.

 

Пердеғалий Дабылов,

Филология факультети деканының орынбасары.