ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Муғаллимлер саат 16:00 ге шекем мектепте отырыўға мәжбүр ме?

«Муғаллимлер саат 16:00 ге шекем мектепте отырыўға мәжбүр ме? Мийнет ҳақы төлеми күнлик емес-ғой! Және муғаллимлер арасында ҳаял-қызлар көп» мазмунындағы мүрәжатларға ӨзА жуўап табыўға ҳәрекет етти.

Министрлер Кабинетиниң 1997-жыл 11-марттағы «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин әмелге асырыў ушын зәрүр болған нормативлик ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы 133-санлы қарарының 4-қосымшасы менен тастыйықланған ҳәм «Айрықша түске ийе болған жумыслардағы қысқартылған жумыс күни белгиленетуғын хызметкерлер дизими»не муғаллимлер де киргизилген. Егер жоқары класс муғаллиминиң ҳәптелик сабақ жүклемеси 20 саат етип белгиленген болса, Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги 275-санлы қарарына муўапық, муғаллимниң ҳәптелик жумыс жүклемеси ҳәр бир оқыў саатын 0,8 коэффициентке көбейтиў нәтийжесинде 16 саат қосыў арқалы 36 саат етип белгиленген.

Усыған муўапық, муғаллим минут есабында 900 ямаса 15 (астрономиялық) саат оқыўшылар менен ислесе, қалған 21 саатты жумыс жүклемесинде белгиленген басқа ўазыйпалар және мектеп басшылары берген тапсырмаларды орынлаўға сарплаўы керек. Мийнет кодексиниң 115-статьясына муўапық, хызметкер ушын жумыс ўақтының нормал мүддети ҳәптесине қырқ сааттан артық болыўы мүмкин емес.

Алты күнлик жумыс ҳәптесинде ҳәр күнги жумыстың мүддети жети сааттан, бес күнлик жумыс ҳәптесинде болса сегиз сааттан артып кетпеўи керек.

Солай етип, хызметкерди сегиз сааттан артық ислетиў мүмкин емес, бул мийнетке мәжбүрлеў болып есапланады ҳәм айыпкер шахслар ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьяларына муўапық жуўапкершиликке тартылады.

Жумыс көлеминиң артыўы ямаса әҳмийетли тапсырмалардың орынланыўын кешиктириўге болмайтуғынлығын есапқа алып, жумыс бериўши тийкарғы жумыс ўақтынан тысқары қосымша жумыс ўақтында да хызметкердиң разылығы тийкарында оны жумысқа шақырыўы мүмкин. Бунда қосымша ислеген жумыс ўақты ушын еки есе мийнет ҳақы төлениўи керек. Бул ўақыт нызам ҳүжжетлерине муўапық жылына 120 сааттан артпаўы керек.

 

Ислам Матеков.