ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жәнликлердиң қырылып кетиўи адамзат ушын қәўип пе?

Жәнликлердиң қырылып кетиўи адамзат ушын қандай қәўип пайда етеди? Егер усындай болса, жәнликлер менен азықланатуғын ҳайўанлар, қуслар, өсимликлер де қырылып кетиўи мүмкин. Буның алдын алыў мақсетинде илимпазлар аўыл хожалығын басқарыў тараўын қайта көрип шығыўды усыныс етпекте. Себеби, жәнликлердиң азықланатуғын, өмир сүретуғын орталығы – аўыл хожалығы болып табылады.

Мағлыўматларға қарағанда, алдағы он жыллықта жәнликлердиң ярымы жоқ болып кетеди.

«Гүбелеклер, ҳәррелер ҳәм қоңызлар ең бириншилерден болып жоқ болып кететуғын жәнликлер қатарында турыпты», — деп хабар бермекте Сидней университети ҳәм Қытай аўыл хожалығы илимлери академиясының илимпазлары.

Буның баслы себеби – тиришилик ететуғын орталықтың болмаўы. «Буның ақыбети орны толмас кемшиликлерге алып келиўи мүмкин. Себеби, олар экосистеманың тийкары болып табылады», — дейди илимпазлар.

Илимпазлар Жер шарындағы жәнликлердиң кемейиўи менен байланыслы 73 изертлеў жүргизген. Нәтийжеде, планетамыздағы жәнликлер жылына 2,5% ке азайып баратырғаны анықланған. Егер усы тәризде даўам етсе бир әсирде соң Жер бетинде улыўма жәнликлер қалмайды.

Илимпазлардың пикирине қарағанда, интенсив аўыл хожалығына өтиў жәнликлердиң қырылып кетиўине алып келмекте. Сондай-ақ, жәнликлердиң жоқ болып кетиўине синтетикалық пестицидлер, биологиялық факторлар ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўы, ҳаўа райының өзгериўи себеп болмақта.

Жәнликлердиң қырылып кетиўи системалы реакцияға алып келеди: көплеген қуслар, жер баўырлаўшылар, жер бетинде ҳәм суўда жасайтуғын ҳайўанлар ашлықтан қырылып кетеди. Аўыл хожалығы да үлкен зыян көреди.

«Бул изертлеў – үлкен қәдем», — дейди эколог Джорджина Мейс. – Бул мағлыўматлар АҚШ ҳәм Европадан алынған. Түслик Америка ҳәм Африка ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат жоқ. Сол себепли, олардағы жағдайды баҳалаў қыйын. Ол жерлердеги жағдай буннан да қурамалы болыўы мүмкин, — дейди эколог.

Мағлыўмат ушын, жәнликлер – өсимликлердиң азықлық дизбеги ҳәм шаңланыўын тәмийинлейтуғын тийкарғы буўын болып табылады. Олардың санының азайыўы экосистеманың апатшылыққа ушыраўына алып келеди. Европада 30 жылдан аслам ўақыт ишинде жәнликлердиң саны 80% ке азайып, қуслар популяциясының 400 миллионға шамаласы қырылып кеткен.

 

Ислам Матеков.