Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде китапқумарлық илажы өткерилди

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде ғәззел мүлкиниң султаны, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы ҳәм патша ҳәм шайыр болған Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған китапқумарлық илажы өткерилди.

Мектепке шекемги тәлим бағдарының 2-в өзбек топарында шөлкемлестирилген илажда студентлер уллы бабаларымыз мийрасларынан баянатлар жасап, шығармаларынан үзиндилер келтирди. Ҳәр қыйлы көргизбе қураллары арқалы олардың дөретиўшилик ҳәм өмир жолын сәўлелендирип берди.

Илажға факультет деканы У.Сейтжанова ҳәм кафедраның профессор-оқытыўшылары қатнасты.