ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети оқытыўшылары студентлер турақ жайында илажлар өткерди

Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы профессор-оқытыўшылары кафедра жобасы тийкарында студентлер турақ жайында жасайтуғын жаслар менен бос ўақытларын мазмунлы өткериў, китапқумарлыққа бағдарлаў, сондай-ақ, саламат турмыс тәризин енгизиў мақсетинде дөңгелек стол әтирапындағы сәўбет илажын өткерди.

Сәўбетлесиўден соң студент-жаслар ушын шахмат ойыны тарийхы, қағыйдалары бойынша мастер-класс шөлкемлестирилди.