ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Студентлер турақ жайында руўхыйлық илажы шөлкемлестирилди

Педагогика факультети психология кафедрасы ағзалары институтымыздың студентлер турақ жайында жасап атырған студентлердиң жасаў жағдайы, бос ўақытларын қалай өткерип атырғаны менен жақыннан танысты.

Буннан соң кафедра баслығы З.Шеримбетова, доцент З.Қлычева ҳәм аға оқытыўшы А.Дәўекеевалар студент-қызлар қатнасыўында «Қызым үйде, қылығы дүзде» атамасында семинар өткерди.

Семинарда тәлим менен бирге тәрбияның биргеликте алып барылыўы, тәртип-интизамлы болыў, бос ўақытларды мазмунлы өткериў бойынша кең түсиниклер берилди.

Семинар даўамында психологиялық мәсләҳәтлер берилип, сораў-жуўаплар өткерилди.