ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымызға 4000 ға шамалас жаңа оқыўлық қолланбалар ҳәм сабақлықлар алып келинди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәлимлеме-ресурс орайына 96 атамадағы 3970 дана жаңа оқыўлық қолланбалар, сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар алып келинди.

— Алып келинген жаңа китаплар ең соңғы мағлыўматлар тийкарында латын әлипбесинде баспадан шығарылған, — дейди институттың мәлимлеме-ресурс орайы директоры Яқыпбек Генжемуратов. – Ҳәзирги ўақытта алып келинген оқыўлық қолланбалар ҳәм сабақлықлар студентлердиң билимлендириў процесинде жаңа шеклерге қарай умтылыўына, жаңа билимлерди өзлестириўине жәрдем береди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 25-декабрьдеги хатына тийкарланып сатып алынған китаплар латын графикасындағы 38 атамадағы 1779 дана оқыўлық қолланба, 59 атамадағы 2194 дана сабақлық және 55 дана көркем әдебиятлардан ибарат.

Мағлыўмат ушын, институттың мәлимлеме-ресурс орайының улыўмалық китап фонды 137 876 данадан ибарат болып, үзликсиз тәризде жаңа әдебиятлар менен толықтырып келинбекте.

Өткен жылы китап фондына 215 атамадағы 1435 дана жаңа әдебиятлар қосылған еди.

Ҳәзирги ўақытта мәлимлеме-ресурс орайына 8403 китап оқыўшысы ағза болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.