ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Президент мектебин питкергенлерге қандай имканиятлар бериледи?

Президент мектеплеринде билим бериў процеси сырт ел билимлендириў мәкемелери менен биргеликте ислеп шығылған оқыўлық жобалар ҳәм бағдарламалары бойынша инглис тилинде әмелге асырылады.
Президент мектеплеринде «STEAM – билимлендириў» (Science – тәбийғый пәнлер, Technology – технологиялар, Engineering – техникалық дөретиўшилик, Art – көркем өнер, Mathematics – математика) бағдарламасы енгизиледи.
Президент мектебиниң 9-11-класларында оқытыў оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда, айырым пәнлер ҳәм оларды үйрениў дәрежесин таңлап алыў арқалы оқыў процесин индивидуалластырыўды нәзерде тутады.
Тийкарғы оқыў бағдарламасы менен биргеликте Президент мектеплеринде оқыўшылардың қызығыўшылықларынан келип шыға отырып, кластан тыс әмелий шынығыўлар өткериў нәзерде тутылады.
Президент мектеплериниң питкериўшилерине белгиленген тәртипте мәмлекет тәрепинен тастыйықланған мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет (аттестация) менен бир қатарда, сырт еллердиң жетекши жоқары оқыў орынларына кириў мүмкиншилигин беретуғын халықаралық дәрежедеги бағдарлама дипломы (International Baccalaureate, Advanced Placement ямаса International Advanced Levels) бериледи.
Президент мектеплери тиккелей Министрликке бойсынады.

Ислам Матеков.