Математика-информатика факультети деканы студентлердиң әмелият барысы менен танысты

Ҳәзирги ўақытта институтымыздың математика-информатика факультети питкериўши студентлери педагогикалық әмелият процесинде пайтахтымыздағы улыўма билим бериў мектеплеринде өз көнликпелерин арттырмақта.

Студентлердиң әмелият процеси қалай шөлкемлестирилип атырғаны, олардың қолға киргизип атырған нәтийжелери ҳәм орын алып атырған кемшиликлерди өз орнында үйренип шығыў, бул бағдардағы жумысларды еле де раўажландырыў мақсетинде факультет деканы Ж.Алланазаров ҳәм әмелият оқытыўшысы Ж.Жүгинисовалар студентлердиң әмелият орынларына барып, әмелият процеси менен жақыннан танысты.