ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жоқары оқыў орынларында социология ҳәм социологиялық изертлеўлер кафедралары ашылады

2019-2020-оқыў жылынан баслап Өзбекстанның тийисли жоқары оқыў орынлары менен биргеликте социология ҳәм социологиялық изертлеўлер кафедралары ашылады.

Бул ҳаққында Президенттиң 22-февральдағы 5667-санлы «Социологиялық изертлеўлер өткериўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында атап өтилген.

Ҳүжжет тийкарында, 2019-2020-оқыў жылынан баслап республикалық «Жәмийетлик пикир» орайының буйыртпаларына муўапық, Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларының студентлери тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша өндирислик әмелияттан өтиўи ушын тийисли рәўиште «Жәмийетлик пикир» орайына жибериледи.

Республикадағы тийисли жоқары оқыў орынлары менен биргеликте еки ай мүддетте 2019-2020-оқыў жылынан баслап социология ҳәм социологиялық изертлеўлер кафедраларын ашыў илажлары көриледи.

 

Ислам Матеков.