Психолог мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим және химия-биология факультети студентлери менен ушырасыў өткерди
Усы жылдың 22-февраль күни институтымыз психологы Г.Төрениязова мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим және химия-биология факультетлерии студент-жаслары менен ушырасыў өткерди.
«Ойларымыз – тәғдиримизди жаратады» атамасында өткерилген ушырасыўда инсан ойлаўының оның өмири ушын қаншелли әҳмийетке ийе болатуғынлығы, ойды раўажландырыў, ҳәр тәреплеме жетилистирип барыў усыллары бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.