ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт ректоры мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлери менен ашық сәўбетлесиў өткерди

Институтымызда ректорат тәрепинен бағыўшысын жоғалтқан шын жетим, имканияты шекленген, социаллық аўҳалы төмен ҳәм шаңарақлы студентлер менен саламат социаллық-руўхый орталықтың турақлылығы ҳәм олардың бүгинги социаллық аўҳалын және де тереңирек үйрениў мақсетинде Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетиниң студент-жаслары менен ашық сәўбетлесиў болып өтти.

Илажға институтымыз ректоры Б.Отемуратов, Жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректор Қ.Кадиров, институт психологы Г.Төрениязова, институт бухгалтериясы қәнигелери, факультет деканы У.Сейтжанова, декан орынбасарлары, топар басшылары, ҳәм факультеттиң бағыўшысын жоғалтқан шын жетим, имканияты шекленген, социаллық аўҳалы төмен ҳәм шаңарақлы студентлер қатнасты.

Ушырасыўды институт ректоры Б.Отемуратов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Ол өз сөзинде ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде халықтың жасаў жағдайын жақсылаў барысында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларының аўҳалын үйме-үй кирип үйрениў, сондай-ақ, усы тәртипте институтта бағыўшысын жоғалтқан шын жетим, имканияты шекленген, социаллық аўҳалы төмен ҳәм шаңарақлы студентлер менен саламат социаллық-руўхый орталықтың турақлылығы ҳәм де олардың бүгинги социаллық аўҳалын және де тереңирек үйрениў мақсетинде студентлер менен ашық сәўбетлесиў кестеси шөлкемлестирилгенин айтып өтти.

Соның менен бирге  жоқарыда айтылған мәселелер бойынша студентлер менен сәўбетлести ҳәм бир қанша сораўлар үстинде пикирлести. Студентлер тәрепинен бирилген сораўларға өз жуўапларын берди. Айырым сораўлар үстинде бир қанша жумыслар ислеп атырғанлығы, исленгенлиги, еледе ислениў керек болған жумыслар ҳаққында айтып өтти.