Математика-информатика факультетинде «Ҳуқық ҳәм жаслар» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти

Институтымыздың математика-информатика факультетинде «Ҳуқық ҳәм жаслар» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикалық Пуқаралық ислери бойынша суд баслығының орынбасары С.Қайыпназарова, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты.

Илажда тараў қәнигеси тәрепинен жаслар арасында өз ҳуқықларын билиў ҳәм оларды әмелде қоллай алыў бойынша түсиниклер берилди.