Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлериниң әмелият барысы көзден өткерилди
Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлериниң пайтахтымыздағы халық билимлендириў мәкемелериндеги алып барып атырған әмелият процесси көзден өткерилди.
Факультет деканы У.Сейтжанова әмелиятшы студентлердиң усы процесс пенен байланыслы жумыслары менен жақыннан танысты. Олар менен пикирлесип, усынысларын билдирип өтти.
Сондай-ақ, факультет доценти М.Ембергенова 3-курс студентлериниң 1 ҳәптелик педагогикалық әмелиятының барысы менен танысты ҳәм ҳүжжетлерин көзден өткерди.