ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика факультети студентлери ҳәм Нөкис педагогикалық колледжи оқыўшылары арасында тәжирийбе алмасыў кешеси болып өтти

Институтымыздың педагогика факультети музыкалық тәлим кафедрасы жанында шөлкемлестирилген қосық ҳәм саз атқарыўшылығы дөгерегиниң ағзалары ҳәм Нөкис педагогикалық колледжи музыкалық тәлим бағдары студентлери арасында тәжирийбе алмасыў кешеси болып өтти.

Онда институт студентлери оқыўшылар менен бирге халық сазларын атқарып, өз тәжирийбелерин беккемледи ҳәм оқыўшыларға мастер-класс өтти.