Шет тиллери факультетинде Ишки ислер уйымы хызметкери менен ушырасыў болып өтти
Институтымыздың шет тиллери факультетинде Нөкис қалалық 4-санлы Ишки ислер бөлимшеси жынаят излеў бөлиминиң оператив хызметкери, капитан А.Дәўлетмуратов пенен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда ҳәзирги ўақытта профилактикалық жумыслардың алып барылып атырғанына қарамастан, айырым жаслар арасында нәшебентлик затлардан пайдаланыў жағдайларының болып атырғанын, сондай-ақ, бул иллет өзи менен бирге АИВ инспекциясы ҳәм АИЖСты алып келетуғынлығы, оннан қорғалыў жоллары бойынша кең түрде түсиник берди. Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.