ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Мен өзбектиң Зульфиясыман» атамасында көркем-әдебий кеше болып өтти

Институтымыздың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студентлери арасында 1-март – шайыр Зульфия Исраилованың туўылғанына 104 жыл толыў мүнәсибети менен «Мен өзбектиң Зульфиясыман» атамасындағы көркем-әдебий кеше болып өтти.

Кешени филология факультети өзбек әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы Феруза Сапаева шөлкемлестирди.

Илажда факультеттиң студент-қызлары Зульфияханымның қосықлары, өмир жолы бойынша сахналық көринислер сахналастырып, жанлы ҳаўазда қосық айтып, ҳақыйқый байрам кейпиятын үлести.