Гүрес бойынша «Универсиада-2019» жарысының Қарақалпақстан басқышында институтымыз студентлери әжайып нәтийжени қолға киргизди
Быйыл үш басқышлы спорт ойынларының жоқары басқышы болған «Универсиада» спорт жарысларының финаллық басқышы Сурхандәрья ўәлаятында болып өтеди. Финал басқышына қатнасатуғын спортшыларды сайлап алыў мақсетинде спорттың көплеген түрлери бойынша аймақлық басқышлар болып өтпекте. Спорттың миллий гүрес түри бойынша «Универсиада-2019» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы да табыслы өткерилди. Онда ер балалар 7, қыз балалар 8 салмақ категориясы бойынша өз-ара күш сынасты.
– Институтымыз студентлери спорт жарысларына пуқта таярлықлар көрди. Студентлер арасынан ең қәбилетлилерин сайлап алыў мақсетинде институтымыз көлеминде дәслеп топарлар арасында, соңынан факультетлер арасында жарысларды өткердик. Булар өз нәтийжесин көрсетип атыр, – дейди миллий гүрес бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тренери Нурсулыў Бердақова. Жарыс жуўағына муўапық, қызлар арасында 48 кг Қуралай Әсетуллаева, 52 кг Гүлайым Шыразатдинова, 57 кг Саятхан Төребаева, 63 кг Гүлайым Жумабаева, 78 кг Сулыўхан Пиримбетова, 87 кг Фатима Турсымуратова, +87 кг Нурсулыў Жумамуратова, сондай-ақ, ер балалар арасында 90 кг Эргаш Айтбаев, 100 кг Ислам Мәмбетов 1-орынды ийелеп, Сурхандәрья ўәлаятында болып өтетуғын финаллық басқышқа жоллама алды. Ислам Матеков, НМПИ баспасөз хаткери.