ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Студентлер турақ жайында Озод Шарафиддиновтың 90 жыллығына арналған илаж өткерилди

Институтымыздың студентлер турақ жайында белгили жазыўшы, әдебиятшы илимпаз Озод Шарафиддиновтың туўылғанына 90 жыл толыўы мүнәсибети менен «Озод Шарафиддинов – әдебияттаныўшы илимпаз» атамасында дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Кешени филология факультети өзбек әдебияты кафедрасының оқытыўшылары Феруза Сапаева ҳәм Нодира Алламбергеновалар шөлкемлестирди. Сәўбет даўамында студентлер илимий, теориялық мағлыўматларға ийе болып қалмастан, өзлери де қызықлы мағлыўматларды додалап, шығармалардан үзиндилер келтирди.

Илажға студентлер турақ жайы педагог-тәрбияшысы Р.Қудаярова қатнасты.