Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде ҳаял-қызлар байрамы белгиленди
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде «8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.
Кешеге факультет профессор-оқытыўшылары, нураный устазлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Байрам кешеси соңында ҳаял-қызларға ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар тапсырылды.
Кеше факультеттиң талантлы жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.