ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымызда депутатлар менен ушырасыў болып өтти

2-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, сондай-ақ, Нөкис қалалық кеңеси менен биргеликте жаслар қатнасыўында «Депутат пенен жүзбе-жүз» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Халық депутатлары Нөкис қалалық ҳәм районлық Кеңес депутатлары, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси атқарыў комитети аппарат қәнигелери, Нөкис мәмлекетлик педогогика институты студент-жаслары, партия Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси «Жаслар канаты» белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.