Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети деканы «Мўътабар аёл» көкирек белгиси менен сыйлықланды
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсендилик ҳәм инта көрсеткен, өзиниң жемисли мийнети менен шаңарақтың қәлиплесиўине ҳәм абаданлығының беккемлениўине, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға мүнәсип үлес қосқан ҳаял-қызларға «Мўътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Быйылғы жылы республикамыздан 18 ҳаял-қызға усы сыйлық тапсырылды.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети деканы, доцент Улбосын Сейтжанова да усы сыйлыққа мүнәсип деп табылды.
Улбосын Сейтжанова 2014-жылдан берли Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты болып, усы күнге шекемги пидәкерлик хызметлери ушын бир неше мәрте Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Нөкис қалалық ҳәкимлиги, «Адолат» СДП сиясий Кеңеси ҳәм институт ректорының «Ҳүрмет жарлықлары» менен, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы», «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы», «Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы», «Өзбекстан Республикасы Конституциясының 25 жыллығы» көкирек белгиси менен сыйлықланған.
«Antigue World» халықаралық илимий академиясының докторы есапланған У.Сейтжанова 35 жыллық илимий-педагогикалық хызмети даўамында 2 сабақлық, 80 нен аслам илимий мақалалар, 12 оқыўлық ҳәм методикалық қолланбаларға авторлық етти. Ҳәзирги ўақытта «Қарақалпақ халық педагогикасында жаслардың әдеп-икрамлылығ тәрбиясында халық аўызеки дөретиўшилигинен пайдаланыў» атамасындағы докторлық диссертациясы үстинде жумыс алып бармақта.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.