ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика факультети студентлери Нөкис педагогикалық колледжинде ашық сабақлар өтти

Нөкис педагогикалық колледжинде мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын алып барып атырған институтымыздың педагогика факультети студентлери өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырып, ашық сабақлар шөлкемлестирмекте.

Атап айтқанда, факультет студенти Р.Юлдашева колледждиң мектепке шекемги билимлендириў бағдарының 3-д курс оқыўшыларына шаңарақ психологиясы пәнинен «Муҳаббат психологиясы» темасында ашық сабақ шөлкемлестирди.

Сондай-ақ, факультеттиң 4-е курс студенти Г.Арапбаева колледждиң мектепке шекемги билимлендириў бағдарының 2-г курс оқыўшыларына педагогика пәнинен «Сенсор тәрбия» темасында ашық сабақ өтти.

Ашық сабақларға колледждиң тәжирийбели педагоглары ҳәм әмелиятшы студентлер қатнасты.