ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Химия-биология факультетинде ҳаял-қызлар байрамы белгиленди

Институтымыздың химия-биология факультетинде «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен факультетте жумыс ислейтуғын ҳаял-қызлардан ибарат профессор-оқытыўшылар ҳәм техникалық хызметкерлер ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажда факультет деканы А.Сапаров сөзге шығып, факультеттеги барлық ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады ҳәм өз тилеклерин билдирди. Буннан соң факультет жәмәәти тәрепинен таярланған байрам қутлықлаўы ҳәм саўғалары тапсырылды.