ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымызда «Хызмет – бийминнет» жойбары шеңберинде оқыў курсының ашылыў мәресими болып өтти

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң басламасы менен партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қасындағы Абитуриентлер таярлаў орайында «Хызмет – бийминнет» жойбары шеңберинде оқыў курсының ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитети аппараты ҳәм қалалық партия Кеңесинен ўәкиллер, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Шығып сөйлеўшилер «Хызмет – бийминнет» жойбары ҳаққында кең түсиндирип, оқыў курсы оқытыўшы ҳәм оқыўшыларына табыслар тиледи.