Дене мәденияты факультетинде байрам кешеси болып өтти
Институтымыздың дене мәденияты факультетинде «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен байрам кешеси шөлкемлестирилди. Кешеде сабақларынан жақсы көрсеткишлерге ийе болып, спорт тараўында көплеген жетискенликлерди қолға киргизип киятырған студент-қызлар ушын ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.