ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дене мәденияты факультети студенти Россияда болып өткен халықаралық турнирде 3-орынды ийеледи

Институтымыздың дене мәденияты факультети 3-курс студенти Равшанбек Аминов усы жылдың 26-февраль – 2-март күнлери аралығында Россия Федерациясының Йошкар-Ола қаласында спорттың бокс түриниң «Б» классы бойынша IV Регионлар аралық турниринде бронза медалын қолға киргизди.

Турнирге Россия Федерациясының барлық аймақларынан, соның менен бирге ҒМДА мәмлекетлеринен 90 ға шамалас спорт шеберлери қатнасты. 1979-жылдан 2000-жылға шекемги туўылған спортшылар арасында өткерилген турнирде институтымыз студенти 60 килограмға шекемги салмақта сыйлы 3-орынды ийеледи.

Ислам Матеков, НМПИ баспасөз хаткери.