Институтымыз Каспий мәмлекетлик технологиялар ҳәм инжиниринг университети менен бирге ислеседи
Ш.Есенов атындағы Каспий мәмлекетлик технологиялар ҳәм инжиниринг университети ректоры, академик Берик Ахметов басшылығындағы делегация Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.
Институт ректоры Байрамбай Отемуратов пенен болып өткен ушырасыўда еки жоқары оқыў орны арасында билимлендириў, илимий изертлеў ҳәм мәдений тараўларда бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Атап айтқанда, жоқары оқыў орынлары арасында профессор-оқытыўшылар, бакалавиатура, магистратура ҳәм докторантура басқышлары студентлерин алмасыў, биргеликте оқыўлық қолланбалар, бағдарламалар шығарыў, симпозиумлар, конференциялар шөлкемлестириў, илимий изертлеў жумысларын биргеликте алып барыў арқалы мәмлекетлик, халықаралық грантларға биргеликте қатнасыў, илимий журналларда мақалалар жәриялаў, PhD докторантларды шығарыў мақсетинде илимий басшыларды бекитиў сыяқлы мәселелер бойынша өз-ара келисимге ерисилип, бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.
Өз-ара сәўбетлесиў даўамында еки тәреп ўәкиллери биргеликте ислесиўдиң әмелий әҳмийетине жоқары баҳа берип, бул бағдарда алдағы ўақытларда әмелге асырылатуғын жумысларды белгилеп алды.
Ш.Есенов атындағы Каспий мәмлекетлик технологиялар ҳәм инжиниринг университети ректоры, академик Берик Ахметов өз-ара мәпдарлы, жоқары дәрежедеги ҳәм шын кеўилден қабыллаў ушын институт ректорына өз миннетдаршылығын билдирди.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.