Қазақ тили ҳәм әдебияты бағдары студентлери әмелиятта байрам кешесин шөлкемлестирди
Институтымыздың филология факультети қазақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 4-«г» курс студентлери Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма билим бериў мектебинде мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын нәтийжели алып бармақта.
Әмелиятшы студентлер мектептиң талантлы ҳәм белсенди оқыўшылары менен бирге қазақ халқының Амал миллий байрамы мүнәсибети менен «Жаңарыў жыршысы – әз Наўрыз» атамасындағы байрам кешесин шөлкемлестирди.