Өзбек тили ҳәм әдебияты бағдары студентлери әмелиятта «Қәнекей қызлар» жарысын өткерди

Институтымыздың филология факультети өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 4-«б» курс студентлери Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын алып бармақта.

Студентлеримиз оқыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде мектептиң 7-«д» класс оқыўшы қызлары арасында «Қәнекей қызлар» таңлаўын шөлкемлестирди.

Сәлемнама, нақыл-мақал айтыў, шығармалардан алынған үзиндилерди өз орынларына қойыў, жаңылтпаш айтыў, салат таярлаў сыяқлы шәртлер тийкарында оқыўшы қызлардың шаққанлығы, епшиллиги, билим дәрежеси сынақтан өткерилди.

 

Шодия Раҳимбоева,

Филология факультети студенти.