Институт психологы бәҳәр мәўсиминдеги депрессия бойынша студентлер менен сәўбетлести
Институтымыз психологы Г.Төрениязова мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетиниң 1-курс студентлери менен ушырасып, «Бәҳәр мәўисиминдеги депрессия» темасында сәўбетлесиў өткерди.
Ушырасыўда бәҳәр мәўсиминде не себептен адамлар көп шаршайды, буның ақыбетинде түскинликке түсиўи ҳаққында атап өтилди.
Психологымыз студентлерге жуўанның жиңишкерип, жиңишкениң үзилер ўақтында нерв талшықларына көп күш түсирмеў кереклиги, буның ушын үйдиң тазалығы, физикалық ҳәм руўхый тазалықтың әҳмийети ҳаққында түсиниклер берди. Сондай-ақ, нервке күш салмаў ушын өз психологиялық мәсләҳәтлерин берди.