Шет тиллери факультетинде Наўрыз байрамы мүнәсибети менен спорт жарысы өткерилди
Институтымыздың шет тиллери факультетинде 21-март – Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен спорттың волейбол түри бойынша ер ҳәм қыз балалар арасында жарыс өткерилди.
Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм олар арасында саламат турмыс тәризин енгизиўден ибарат.