Шет тиллери факультети деканы студентлердиң әмелият процесине қатнасты
Институтымыздың шет тиллери факультети питкериўши курс студентлери ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплеринде мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын алып бармақта.
Шет тиллери факультети деканы И.Дильманов факультеттиң 4-курс студентлериниң улыўма билим бериў мектеплериндеги әмелият процесине қатнасып, олардың сабақ өтиў ҳәм көнликпелерин беккемлеў барысын көзден өткерди.
Атап айтқанда, факультет деканы рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы Э.Ешниязова ҳәм методист Т.Халмуратов пенен бирге пайтахтымыздағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде өз мәмлекетлик-педагогикалық әмелиятын алып барып атырған студентлердиң ашық сабақларына қатнасып, олардың әмелият барысын талқылады ҳәм өткерилген сабақлардың жуўмақлары бойынша тийисли шешимлерин берди.