ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымыздың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры тайынланды

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң 2019-жыл 25-марттағы буйрығы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректорлығына Калханов Полатбек Жумабаевич тайынланды.

Полатбек Калханов усы лаўазымға тайынланғанға шекем институттың илимий изертлеў ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў бөлими, сондай-ақ, оқыў-методикалық басқарма баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған, физика-математика илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесине ийе.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.