ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика факультетинде Наўрыз!

Институтымыздың педагогика факультетинде улыстың уллы күни, ояныў ҳәм жаңаланыў әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрамы белгиленди.

Байрам кешесине Хожа Аҳмед Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақстан-Түркия университети профессоры Ералин Қуўандық мийман сыпатында қатнасты.

Илажда студентлер тәрепинен миллий қосықлар, аяқ-ойынлар атқарылып, миллий тағамлар, сондай-ақ, кийим-кеншеклер, тутыныў буйымлары көргизбеси шөлкемлестирилди.