Химия-биология факультети студентлери байрам дем алысында Самарқанд ҳәм Бухараға саяхат етти

21-март – Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен берилген дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў мақсетинде институтымыздың химия-биология факультети химияны оқытыў методикасы тәлим бағдарының 3-«в» курс студентлери топар басшысы қадағалаўында елимиздиң тарийхый ҳәм бәрқулла наўқыран қалалары – Самарқанд ҳәм Бухараға саяхат етти.

Студентлер ол жерлерде ата-бабаларымы салған мешит-медреселер, сарайлар ҳәм бағларды көрип, ата-бабалардың қойымшылықларын зыярат етти.