НМПИ командасының тарийхый табысы
Ҳаял-қызлар арасындағы Өзбекстан чемпионатының III тур ойынлары март айының 16-20-сәнелеринде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында болып өтти.
Өзбекстан чемпионатының III тур ойынларын Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятлары ашып берип, самарқандлылар хорезмлилерге 0:3 есабында имканиятын қолдан берсе, Қарақалпақстанның командасы Бухара ўәлаятының командасынан 3:0 есабы менен үстем келди.
Тур ойынларының екинши күнинде Бухара – Самарқанд 3:2, Хорезм – Наманган 1:3 нәтийжелери менен ойынды жуўмақласа, Ташкент ўәлаяты Жиззақ үстинен, Қарақалпақстан Сырдәрья үстинен 3:0 есаплары менен айқын үстемлик етти.
Ойынның үшинши күнинде Бухара ҳәм Жиззақ ўәлаятлары арасындағы кескин гүрес 3:1 есабы менен жуўмақ тапса, Сырдәрья Наманганға, Ташкент ўәлаяты Самарқандқа, Қарақалпақстан Хорезмге ҳеш қандай имканият қалдырмады.
Тур ойынларының төртинши күнинде Самарқанд Сырдәрья үстинен, Наманган Бухара үстинен, Жиззақ Хорезм үстинен айқын үстемликте ойын алып барды ҳәм барлық ойын да 3:0 есабы менен жуўмақ тапты. Бул күнги ҳәттеки, чемпионаттағы ең кескин беллесиўлерге бай болып өтетуғын ойын Ташкент ўәлаяты яғный Өзбекстан сайланды команда ағзалары менен Қарақалпақстан командасы арасында болып өтетуғыны алдыннан волейбол ышқыпазлары менен қәнигелерге мәлим болғанлықтан, унивеситеттиң спорт сарайы тамашагөйлерге лыққа толды. Көпшилик ойын нәтийжесин 3:2 есабы менен Ташкент ўәлаятының жеңиске ерисетуғынын болжаса, айырымлар сол есап пенен Қарақалпақстанның жеңисине исеним билдирмекте. Лекин, ойын дәслепки минутларынан баслап-ақ, көпшилик божағаннан пүткиллей өзгеше түс алды. Команданың бас тренери, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер Азат Казаковтың ойын барысында қарсылас команда ойыншыларының жайласыў жағдайы ҳәм ойын стилине қарай ойыншыларды ҳәм ойын комбинацияларын тез-тез өзгертиўине, ҳәттеки, Ташкент ўәлаятының бас тренери, халық аралық дәрежедеги спорт устасы Ольга Исаёноктың да бас шайқаўдан басқа шарасы қалмады.
Нәтийжеде, командамыз тарийхый жеңисти қолға киргизди. Себеби, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия университетиниң волейбол командасы мәмлекет чемпионатының тарийхында 3:0 есабы менен усы күнге шекем жеңилип көрмеген еди.
Турдың ең соңғы күнинде Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятлары менен Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары арасындағы беллесиўлер Ташкент ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары командаларының айқын үстемлигинде өтти.
Ҳаял-қызлар арасындағы Өзбекстан чемпионатының III тур ойынларының нәтийжеси бойынша екинши орында киятырған командамыз бир упай парқ пенен мәмлекет лидериниң алдына шығып, чемпионаттағы кәрўанбасылықты қолға киргизди.
Командамызға усы жылдың май айында Ташкент қаласында болып өтетуғын чемпионаттың шешиўши тур ойынларында 2017-жылғы нәтийжесин тәкирарлап, чемпионлық пъедестальдиң ең жоқарғы бағанасына көтерилиўин тилеп қаламыз.
Әбдиқадир ҚАЙЫПОВ,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.