ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымыз магистрантының «Smart Library» жойбары Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен әмелге асырылады

Усы жылдың 28-март күни Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигинде жоқары оқыў орынлары қәнигелери, студентлер, магистрантлар, сондай-ақ, жас исбилерменлердиң Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ўәкиллери менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги санаат бөлими баслығы О.Абдураззоқов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинен Н.Мырзамуратовлар қатнасты ҳәм жыйналғанлар менен ашық сәўбетлесиў алып барды.

Ушырасыўда институтымыздың магистратура бөлими 1-курс магистранты А.Кеңесбаев өзиниң «Smart Library» жойбары ҳаққында айтып берди ҳәм жойбар менен жақыннан таныстырды.

Магистрант усыныс еткен жойбар Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ўәкиллери тәрепинен жоқары баҳаланды ҳәм алдағы ўақытлары бул жойбарды әмелге асырыў бойынша келисип алынды.