ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымызда Наўрыз сейиллери: Байрам мүнәсибети менен өткерилген спорт ойынларынан фоторепортаж

Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 26-март күни институтымызда Наўрыз улыўма халықлық байрамына бағышлап халық сейили ҳәм «Арал бойында Наўрыз әййямы» атамасындағы байрам сейили ҳәм театрластырылған музыкалы-хореографиялық концерт бағдарламасы өткерилди.

Институттың үлкен спорт майданшасында арқан тартыс, қол гүреси, тас көтериў, палўанлар гүреси, шүллик, қашарман топ сыяқлы халық ойынлары ойналып, пәтпелек ушырыў бойынша факультетлер арасында жарыс шөлкемлестирилди.

Төменде усы спорт жарысларынан таярланған фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.