Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 30-31-март күнлери Мойнақ районында «NavrUZ» этнофестивалы болып өтти.
Фестиваль шеңберинде палўанлар гүреси шөлкемлестирилди.
Қыз балалар арасында 78 кг салмақ категориясы бойынша институтымыздың дене мәденияты факультети 4-курс студенти Сулыўхан Пиримбетова қурға шығып, қарсыласына ҳеш қандай имканият қалдырмады.